ҚУЛШЫБИЙ ОБРАЗЫ ҲӘМ ТАРИЙХЫЙ ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ
Abstract
К.Каримовтың «Ағабий» романында миллий тарийхымыздың бурылыслы пайытлары, усы бурқасынлы дәўирде өзинше туўры жол излеп атырған қаҳарманлар тәғдириниң ашып берилиўи мәселесин үйрениў әдебияттаныў илими көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе. Өйткени, Бухара қарақалпақлары бизиң миллетимиздиң ажыралмас бир бөлеги. Олардың тәғдири пүткил қарақалпақ халқының тәғдири. Халқымыз тарийхында өшпес из қалдырған Ормамбет бий, Маман бий, Айдос бий, Ерназар Алакөзлер сыяқлы усы романда сүўретленетуғын Қулшы бий, Ережеп Ағабийлер де усындай хызмет атқарды. Әсиресе, Қулшы бий қарақалпақлар тарийхының ең қыйын дәўирлериниң биринде сиясий майданда ҳәрекет етти. Ол Бухара қарақалпақларының бир бөлегин ата журт – Шымбай әтирапына көширип әкелиўге басшылық қылды.
Downloads
Published
Issue
Section
License

This work is licensed under a Creative Commons Attribution-NonCommercial 4.0 International License.